«Ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылыққа биргеликте қарсы гүресемиз!»

 

          2022-жыл 21-апрель күни университет жәмәәти арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм де оған қарсы гүресиў мақсетинде «Ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылыққа биргеликте қарсы гүресемиз!» атамасында үгит-нәсиятлаў илажы ѳткерилди. Илажды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов ашты ҳәм басқарып барды. 

 

 

          Илажға Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим баслығы А.Жахматов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ орынбасары  А.Рустамов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник  А.Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ руўхый-ағартыўшылық ислер ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў хызмети баслығыныӊ орынбасары, майор С.Атамуратов ҳәм Өзбекстан Жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы      И.Абдикаликовлар ѳз баянатлары менен қатнасты.

 

 

 

 

          Илаж соңында ушырасыў қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораў, машқала ҳәм усынысларын берди ҳәм тийисли қәнигелер тәрепинен жуўаплар берилди.

 

 

 

 

 

 

П.Абдиразакова

Жаслар мәселелери ҳәм руӯхыйлық-ағартыӯшылық ислери бойынша бѳлими методисти

 

 

Пайдалы дереклер