ӘКЕМДИ ЕСЛЕП…

Әкем Сейтназаров Ержан Дилим улы  1941-1945 -жыллардағы Уллы Ўатандарлық урыс қатнасыўшысы . Ол 1920-жылы ҳәзирги Қараөзек районы аймағында туўылған. Әкемнин балалығы жудә қыйыншылық пенен өткен. 9 жасында әкеси Дилимов Сейтназар 1929 -жылы РСФСР  ЖК 58 статьясы менен сүргин етилген. Соңынан, елимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң әкесин кормеген. Әкеминин Рамберген, Рейим деген 2 жигит ағасы Нуржан деген бир иниси ҳәм Айжамал атлы жалғыз әжапасы болған. 5 перзент  жаслайынан қыйыншылық көрип өскен. Ең қыйыны сол, әкемди, туўған-туўысқаны, тухым-тебериги менен «баспашының баласы» деп қуўдалаған. Ол заманларда күн көрис қатты  қыйын,   ашаршылық заман болған . Әкемниң анасы,  перзентлери менен бирге күн көрис ушын күн-түни атызда  ислеген. Өзиниң турмыста көрген қыйыншылықларын  әкем  бизлерге еслеп  айтып беретуғын еди. Сол еслеўлериниң бирин айтып берейин:

 Сол қыйыншылық дәўирде,  бир күни  әкемниң анасы шаңарағы менен барлығы  жыйналып атыздан 1-2 килоға жетер-жетпес  шашылып қалған  масақты  терип әкелип үйине балларыма зағара етип  беремен деп әкелип  қойса, сол дәўирдеги колхоз баслық үйине келип буларды  «баспашының баллары», бул не урлық,  деп қамшылап,   сабап,  әкемиздин анасын қорқытып,  үстине ат айдап, баллары ушын терип келген  дәнин алып кетип қалған. Бәриңизди қаматаман,  деп қорқытқан. Ақыбетинде әкемнин анасынын жүреги жарылып сол күни жан тапсырған. Әкем барқулла, балам, бизлер сондай ашаршылықты көрдик, ҳәзирги  заман жүда жақсы заман  ғой, бундай заман көрмедик биз, қәдирине жетиң, бир тислем нанның қәдирине жетиң, заманның қәдирине жетиң, дей беретуғын еди.

Әкемиз  саўаплы ислерди көп ислейтуғын, көп садақа беретуғын, жудә қолы ашық инсан еди. Ҳамме ўақыт, жетим-жесирге, ғәрипке -қәсерге, қонсы қобаға жардем берип журер еди. Бир қызық ўақыя айтайын:

Жаңа хожалық болып, басқа шыққан күнлеримиз  әкем уйге қыдырып келди. Бир қонсымыз бар еди, көп бала-шағалы. Күйеўи алыс жолға КАМАЗ машина айдап бир кетсе үйине 15 күн, бир ай дегенде келер еди.  Әкем қыдырып келип бизлердиң  атыз беттеги жүзимлерди көрип журсе ,қонсының  ҳаялынын өз балларына: «үйде өзи бир буханка нан қалды , оны азанда жеймиз, жемең   тек бир кусок жең!»-деп бақырып атырған даўысын еситип қалады. Әкем мазасы  болмай сол куни Тахтакөпирге қайтып кетти, мен де ҳайран болдым. Ертеңине үлкен  жүк  машын менен келип тур. Машын толы қаўын-ғарбыз,  2 ящик памидор, палаў қабақ, бир қалта гүрш, және бир тандыр нан да жаптырған анама. Ҳаў  аға, буны не қыласаң? Үйде барлығы бар ғой, десем. Әййй , қызым-ай ,бул саған емес, сен шүкирсен , сенде бар ғой, жетпесе  әкелип тураман. Ҳаў, мына атызлас қоңсын аш отыр ғой, соған әкелдим. Сен тоқ отырып, қоңсын аш отырса болмайды,  балам,  деди.  Соннан баслап әкем мен аўылдағы уйге қыдырып барсам сол қонсыма азық-аўқат әкет деп берип жиберетуғын еди.

Әкем Ана- Ўатанымызды қорғаў ушын 1942 -жылы  22 жасында урысқа атланады. Әкемнин айтыўы бойынша 3 ай әскерий таярлықта болып, таярлықтан кейин Сталинград қаласында ғажжа-ғаж  қанлы саўашқа түседи. Әкем бойы-сыны келискен, турпатлы, саўлатлы, салмақлы,  жүдә  ақ кеўил адам еди. «Урыс ўақтында бизлердин взводымызда орыс жораларым көп болды, қасымда аўылдан адам болмады, сонша орыс солдатларынын ишинде командирмиз мени жақсы көретуғын еди, себеби, мен алдамайман, өтирик сөйлемеймен, берилген тапсырманы булжытпай орынлайман, соннан кейин мени тәўир көретин еди, ҳеш қашан сөгис еситип көрмедим, командирим  ҳәмме ўақыт «товарищ Сейтназаров» деп, мүрәжәт ететуғын еди, ал көпшилик солдатлар «дәкки» жейтуғын  еди»- ,  деп еслейтин еди әкем.  – «Ақыры ол урысқой,  балам, халық ушын , шийрин жаның ушын айқасасан, қан төгесен, ҳәр күни ғажжа-ғаж қайнаған урыс. Нәлет болғыр фашистлерди «қойдай қырып салдық» , бирақ, бизлерден де аз адам өлмеди»-, деп әкем көзине жас алып еслер еди. Адамлар бир мәрте урысқа  барса,  мен 2 мәрте бардым урысқа дейуғын еди әкем. Себеби,   1944-жылы урыста жүрген ўақтында әкемнин  тамағынын астына, алқымына жара шығады, ол жара урыста жүргенде ҳеш жазылмайды, ол жақта госпиталға апарып көрсетсе , әкемнин айтыўы бойынша оған «мыспыл» жара, бул жазылмайды, даўасы жоқ буның  өледи, деп әкемди 1944 жылы урыстан комиссавать етилип  елге қайтарылады. Елге келгеннен сон, ҳаўа климатынын өзгериўинен бе, я Қудайдын қәлеўи ме, 2-3 айдан кейин жара өз-өзинен жоғалады. Енгезердей азамат аўылда журиўди өзине еп көрмеген, оннан қалса, ҳәр күни түнде түсиме өлип кеткен  қураллас досларым ене берди, бир жуўмаққа келип әскерий комиссариатқа  бардым, медициналық көриктен өтип,  қайтадан повестка алып урысқа кететуғын болдым. Кетпестен бир кун бурын туўысқанларымды  жыйнап хошластым: Қудай бир мәрте жанымды сақлап елге қайтарып еди, енди бизге қайтыў жоқ шығар, бир-биринизге мийирман болың, деп урысқа атландым, деп еслер еди әкем. Екинши барғанында Украина жерлерин азат еткенин, Германия шегарасынан өтип, фашист басқыншыларынын шыққан уясында қанлы саўашларда қатнасқанын айтар еди. 1945-жылы март айының ақырында Германиянын Розенбург қаласында жақсы қуралланған, беккем орналасқан немец фашист басқыншылары менен саўашта әкемиз аўыр жарақатланады. «Есимде қалғаны: снарядтын жарылғаны ҳәм командирим Степановтын «прощай, товарищ  Сейтназаров» деген сөзлери ғана. Есиме келсем, госпитальда жатырған екенмен»-,  дейди әкем. Жеңисти, госпитальда күтип алдым. Берлинде атылған салюттын жақтысынан Берлин көшелери күндизгидей жақтыланды, ҳәмме қуўанышта, таңға шекем қосық айтылып,  «Катюшаға» ойнадық. 1945-жылдын июнь айында госпитальдан саўалып шығып елге қайтыў ушын әскерий комендатураға бардым, ҳәм сол жерде Германия территориясында қалып кеткен ҳәм қопарыўшылық ҳәрекетлерин даўам еттирип атырған топарларды сапластырыўға бағдарланған бөлимшеге жиберилдим. Бирақ та, елге хат жазған ўақытта ўайраншылықларды сапластырыўға қурылысқа қалдық,  деп жазыўды тапсырды. Жане бир жыл менин  ушын урыс даўам етти.«От ишинде пахтаны сақлайман, деген Алла таала» , 1946-жылы гүзекте саў-саламат, 12 мүшем саў елге қуўыстым, деп еслейтин еди әкем.

 – «Балларым, дунья қалаларын көрдим, ҳәмме нәрсе илим-билимде екен, илимсизлигим себепли көп нәрсениң мағызын шаға алмадым, ҳәм  ул-қызларым ды саўатлы, билимли-илимли етип тәрбиялайман, деп алдыма мақсет қойдым», – дер еди.  Ҳақыйқатында да, атадан 7 перзент өсип , камалға келдик, ең үлкен жигит  ағам Сейтназаров Нурғалий билимлендириў тараўы пидайысы, көп жыллар даўамында Тахтакөпир районы Халық билимлендириў бөлими баслығы болып иследи, Айғалий Сейтназавров  қурылыс тараўы пидайысы, Ерғалий Сейтназаров  Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген аўыл хожалық хызметкери, 10 жыл даўамында Нөкис районы ҳәкими болып ислеп,  халық басқарды, Сейтназаров Сарсенбай мәмлекетимиздиң ең жоқары атағы Өзбекстан Қаҳарманы болды, Сейтназаров Бегалы Самарқанд мәмлекетлик аўыл- хожалығы институтын питкерип  шарўашылық тараўы жетик қәнигеси, ал Сейтназаров  Қалхораз  Афган урысы қатнасыўшысы, 1-топар майыбы, ең генжетайы мен Инжайым филология илимлери кандидаты, доцент, Қарақалпақстан  Республикасына мийнети синген жаслар устазы, «Муътабар ҳаял» көкирек нышаны ийеси.

Перзентлериниң бул жетискенликлери әкемиздин ҳақ нийети ҳәм тилеклеринин нәтийжеси деп билемиз.

Әкем Ержан жаслайынан динине қатты берик болған, ҳақыйқый мусылман инсан еди. Қатаң советлик дәўирде де 5 ўақыт намазын кенде қылмаған. Бир әрманы Ҳаж зыяратына барыў еди. Нийет қылып , қос-қос өгиз байлап бағып, семиртип сатып,  пулларын тис-тырнақлап жыйнады. Перзентлери, «аға, қартайғанда неге жаңынды қыйнайсан, өзлеримиз жәмлессек  бир Ҳаж сапарынды көтериўге қурбымыз жетеди» деген сөзлерине әкем: – «ҳәр бир мусылман Ҳаж сапар ғәрежетлерин маңлай тери есабынан көтериўи керек» дейтуғын еди.  Нийети қабыл болып 1997-жылы 77 жасында Өзбекстан Республикасының биринши Ҳажылары қатарында Ҳаж сапарын әмелге асырды.

Әкем Сейтназаров Ержан 2000-жылы, 27-ноябрь күни 80 жасында аманатын тапсырды.  Әкежанымнын жатқан жери жайлы, жайлары жәннетте,  болғай…

Бизлер әкемизди усындай үлкен мақтаныш пенен еслеймиз. Әкемиздиң өмир жолы бүгинги күнги жасларға тәрбия мектеби ҳәм ибрат болады деп ойлайман.

 

Сейтназарова Инжайым Ержановна

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.

Пайдалы дереклер