
Бүгин мәмлекетимизде ҳаял-қызларымыз жәмийетлик өмирдиң ҳәрбир тараўында өз қәбилетин ҳәм имканиятларын көрсетип атыр. Ҳаял-қызлардың жаңаша жантасыў, жаңа идея ҳәм белсендилик пенен шығыўына жәрдем етиў дәўир талабына айланған. Республикада әмелге асырылып атырған илимий дөретиўшиликке байланыслы мәмлекетлик дәстүрлер шеңбериндеги жойбарларда да ҳаял-қызлардың белсене қатнасып атырғаны итибарға ылайық. Илимпаз ҳаял-қызлардың илимий изертлеўлери санаат, аўыл хожалығы, социаллық, билимлендириў ҳәм мәдений тараўлар раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атыр. Себеби, мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўы илимниң раўажланыўына байланыслы. Бул өз гезегинде илим тараўында изертлеўлер алып барып атырған ҳаял-қызларға айрықша жуўапкершиликти де жүклейди.


Мине усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары биргеликте 22-26-май күнлери INNOWOMENWEEK Ҳаял-қызлар инновациялық ҳәптелигин өткериў жобаластырылған еди. Бүгин усы илаж Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде даўам етти.


Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында илимпаз ҳаял-қызлардың орны» атамасында шөлкемлестирилген усы илажды дәслеп университет ректоры А.Реймов ашып берди. Ол бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында басланған ҳаял-қызлардың инновациялық ҳәптелигин шөлкемлестириўден мақсет – мәмлекетимиз ҳаял-қызларының инновациялық идеялары, жойбар ҳәм исленбелерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды исбилерменлик ҳәм ойлап табыў искерлигине кеңнен тартыў, интелектуаллық мүлк объектлерин ҳуқыйқый қорғаўларына көмеклесиў, жәмийеттиң түрли тараўларында мийнет етип атырған ҳаял-қызлар искерлигине инновациялық жантасыўды енгизиўден ибарат екенлигин айтып өтти. Кейин ҳәптеликти ашық деп жәриялады ҳәм келген мийманлар менен таныстырды.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетит баслығы орынбасары Гулжан Халмуратова да өз пикирлерин айтты. Ҳаял-қызлар белсендилигин асырыў бойынша Миллий бағдарлама қабыл етилген болып, оның ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы жәмийеттиң сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений турмысында ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлар тийкарында толық қатнасыўы ушын зәрүр шәрт-шараятларды жаратыўдың зәрүрли факторы болып хызмет ететуғынлығын айтып өтти.


Сонын менен бирге, усы илимий-әмелий семинар баянатшылары Г.Утемуратова «Инновациялық интеграцияны әмелге асырыўда инновациялық жойбарлардың әҳмийети», А.Байриева «Бүгинги күнде мәҳәлле ҳәм шаңарақларда миллий тәрбия мәселелери», М.Алланиязова «Тәбиий пәнлерди раўажландырыўда Қарақалпақстанлы илимпаз ҳаял-қызлардың орны», А.Шарипова «Қарақалпақстан аймағындағы ишимлик суўы ҳәм санаат кәрханаларының технологиялық суўын тазалаў ушын жергиликли шийки өнимлер (көмир, бентонит) ден сорбентлар алыў технологиясын ислеп шығыў» сыяқлы баянатлар иследи ҳәм презентация тийкарында өз жойбарларын көрсетти.

И.Сейтназарова
Бердақ атындағы ҚМУ ректорының Ҳаял-қызлар
мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.