Қызлар тәрбиясында итибарды еле де асырайық!

Ҳаял-қызлар арасында ҳуқуқбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў,  студент қызлардың кийиниў сөйлеў мәдениятына итибар қаратыў, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи  ҳәм де оларды түрли жат иллетлерден қорғаў ҳәзирги күнниң ең баслы мәселеринен бири есапланады. Қызларға тәлим менен бирге  қоса тәрбияны да тең алып барыў керек деп есаплаймыз. Қарақалпақ мәмлекетлик университети  «Экономика», «Қурылыс» ҳәм «География ҳәм тәбий ресурслар» факультетлери ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшилери , тьюторлар менен биргеликте  усы жыл 22- июнь күни  факультетлердиң ең белсенди қызлары арасынан дүзилген «Лидер қызлар» клубы ағзалары  ҳәм ҳәр түрли тараў қәнийгелери менен ашық сәўбет шөлкемлестирилди.  Кешеге бир қанша тараў қәнийгелер мийман етип шақырылды. ҚР, ИИБ Нөкис қаласы инспекторы капитан И.У. Ережепов,  ҚР мусулманлар қазыяты қәнийгеси Т.Досымбетова Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасының аймақлық басқармасының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәнийгеси Б.Айымбетова, Жас өспиримлер менен ислесиў орайы шыпакери А.Алланиязовалар қатнасты.  Қызларымызға мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған кең имканиятлар жаңа қарарлар менен кеңнен таныстырды. Қызлар келген  тараў қәнийгелернен өзлери қызықтырған сораўларына  толық ҳәм анық жуўаплар алды. Ҳәм топарлар кесиминде алған мағлыўматларын кең тарқатыўға  өзлериниң  үлесин қосыўға келисип ҳәм келеси оқыў жылына қоспа  Режелер дузип алынды.

Пайдалы дереклер