Жәмийетимизде бүгинги күнде базар экономикасының тараўлық институты болған кредит қатнасықлары кең ен жайған. Бул пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлардың тәреплери сыпатында ҳалықаралық финанс шөлкемлери, мәмлекет, банклер, юридикалық ҳәм физикалық шахслар болыўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексине көре, кредит қатнасықлары өз-ара мәжбүриятларды белгилеўши жазба шәртнама формасында рәсмийлестириўи шәрт. Шәртнамада банк ямаса басқа кредит шөлкеминиң (кредитор) қарыз алыўшыға пул қаржыларын бериў шәртлери ҳәм көлемине байланыслы, сондай-ақ қарыз алыўшының алынған пул қаржыларын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызларын төлеў мәжбүриятлары көрсетилген болыўы керек.
Тилекке қарсы, кредитке байланыслы айырым қатнасықларда шәртнама шәртлериндеги мәжбүриятлар улыўма орынланбайтуғын ямаса толық орынланбайтуғын жағдайлар ушырап турады. Бундай жағдайлар тартыслы жағдайлар есапланып, нызамшылықта оны шешиўдиң бир қанша жоллары, соның ишинде тартысларды судқа шекем шешиў жоллары, соның ишинде өз-ара келисимге келиқ яки медиация жолы менен шешиў жоллары белгиленген.
Судлардағы статистикалық мағлыўматлар, кредит қатнасықлары тәреплериның бузылған ҳәқықларын ҳәм нызамлы мәплерин көбирек суд арқалы қорғаўға мүрәжет етип атырғанынан дерек береди.
Бүгинги күнде, кредит қарызын өндириў менен байланыслы тартыслар пуқаралық ислери бойынша судларды ҳәм экономикалық судларда көрип шығылады.
Егер, тартыслы жағдай ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тәсир етиўиши тәреплериниң барлығы, атап айтқанда, қарыз алыўшының кредитиниң қайтарылыўын тәмийнлеў бойнша гиреў яки кепиллик берген шахслар да, барлығы юридикалық шахс яки жеке исбилермен сыпатында дизимнен өткен шахслар болса, онда бул тартыс экономикалық судларда көрип шығылады.
Егерде тартыслы жағдай ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тәсир етиўиши тәреплериниң ҳеш болмаса биреўи физикалық шахс болса, онда бундай тартыс пуқаралық ислери бойынша судларда көрилиўи тийис.
Пуқаралық ислери бойынша судларда кредит қарызын өндириў менен байланыслы тартыслар улыўма тәртипте, яғный даўа арзаны көрип шығыў арқалы әмелге асырылады.
Бундай түрдеги даўларды шешиўде пуқаралық ислери бойынша судлар Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси, «Гиреў ҳаққында»ғы, «Гиреў реестри ҳаққында»ғы, «Ипотека ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары, банклер ҳәм банк искерлиги ҳаққындағы нызамшылық, сондай-ақ басқа нызамшылық талапларына тийкарланады.
Пуқаралық ислери бойынша
Нөкис районлараралық суды
судьясы М.А.Дауменова