Биология факультетинде «Қуслар – бизиӊ достымыз» атамасында илимий семинар болып ѳтти

Усы жылдыӊ 31-март күни “1-апрель – Халық-аралық қуслар күни” мүнәсибети менен  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Биология  факультети, Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы ҳәм “Otus”-студентлер орнитологиялық клубы тәрепинен шөлкемлестирилген «Қуслар – бизиӊ достымыз» атамасындағы  илимий семинар болып өтти. Семинарға профессор-оқытыўшылар, студент жаслар, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шѳлкеми, Қарақалпақстанныӊ қорғалатуғын тәбийий аймақларынан “Қубла Үстирт миллий тәбият бағы” илимий хызметкерлери ҳәм инспекторлары, сондай ақ ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Якуб Аметов «Қуслар – бизиӊ достымыз» атамасында баянат қылып, онда “Халық-аралық қуслар күни” ниӊ келип шығыў тарийхы, қуслардыӊ әҳмийети ҳәм оларды қорғаў мәселелери бойынша кеӊ түрде түсиник берди. Оннан соң “Қубла Үстирт миллий тәбият бағы” ныӊ илимий бөлим бас қанийгеси Саида Базарбаева “Миллий бағ аймағында тарқалған сийрек ҳәм жоғалып кетиў алдында турған қус түрлери” ҳаққында баянат жасады.

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы докторанты, «Otus-студентлер орнитологиялық клубы» баслығы, PhD Исламбек Арепбаев «Otus-студентлер орнитологиялық клубы искерлиги» ҳаққында таныстырып өтти. Биология факультети биология тәлим бағдары   4-курс талабасы Изетулла Турсынбаев «Кусларға тәсир етиўши экологиялық факторлар» атамасында, биология тәлим бағдары 4-курс талабасы Улдаўлет Алимова «Қарақалпақстан орнитофаунасыныӊ Өзбекстан Республикасыныӊ Қызыл китабына киритилген қуслары» атамасында, биология тәлим бағдары 2-курс талабасы Гулбану Турганбаева  «Сиз билесизбе?»… атамасында  қызықлы мағлыўматларды берди.

Буннан соӊ Биология  факультети талабалары арасында «Қуслар – бизиӊ достымыз» атамында сүўрет салыў бойынша таӊлаў болып ѳтти. Талабалар бир-биринен әжайып ҳәм мәнили сүўретлерди салыў менен бирге бул қусқа дөнип турған қәўип-қәтерлер, оларды асырап-абайлаў ҳәм қорғаў машқалалары ҳаққында сѳйлеп берди. Таӊлаў жеңимпазлары  Биология  факультети тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды. Тәдбирдиң 2-бөлими Нөкис қаласы әтирапында жайласқан Ашшыкөл көлинде өткерилди. Бул жерде талабалар көлдиң қуслары менен жақыннан танысты. Тәдбир жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.

Республика масштабында өткерилген бул тәдбир үлкен әҳмийетке ийе болып, оның тийкарғы мақсети – халықтың тәбият ҳәм қуслар ҳаққында билимин асырыў, қуслардың жасаў орнын қорғаў, пүткил дүньяда жабайы тәбиятты сақлап қалыў машқалаларына адамлардың дыққатын қаратыў ҳәмде қуслар мысалында тәбияттың пүткил биологиялық көптүрлилигин әўладларымызға жабайы ҳалында жеткерип бериў болып табылады.

Исламбек Арепбаев

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы докторанты,

«Otus-студентлер орнитологиялық клубы» баслығы, PhD

 

Пайдалы дереклер