2023-жыл 29-декабрь күни саат 14:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер беретуғын PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы Илимий семинар мәжилиси университеттиң мәлимлеме-ресурс орайының 3-этажында өткериледи.
Әжинияз атындағы НМПИ Тарийх оқытыў методикасы кафедрасы үлкен оқытыўшысы Реймбаев Рустем Сарсенбаевичтиң 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша “Қарақалпақстанда китапхана иси тарийхы (1919-1991-жж.) темасындағы тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертация жумысын талқылаўы болып өтеди.