2024-жыл 12-июль күни саат 900де Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD.03/30.04.2022.Fil.20.07 санлы Илимий кеңеси қасындағы 10.00.06 – Салыстырмалы әдебияттаныў, салыстырмалы тил билими, аўдармашылық қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси Мәлимлеме ресурс орайы бас студиясы арқалы онлайн (оффлайн) өткериледи.
Мәжилисте Қарақалпақ мǝмлекетлик университети еркин излениўшиси Сатуллаева Наргиза Жалгасбаевнаныӊ «Феъл нисбат категорияси шаклларининг структур-семантик тадқиқи (инглиз ва қорақалпоқ тиллари материаллари мисолида)» деген темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.