Усы жылдың 5-октябрь күни Нөкис қаласы әтирапында жайласқан Ашшыкөл көли ҳәм оның әтирапында ушырасатуғын қусларға «Халықаралық гүзги бақлаў» күни өткерилди.
Бул бақлаўда Өзбекстан Қусларды қорғаў жәмийети Қарақалпақстан бөлими ағзаларынан Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң биология факультетиниң ассистенти И.Арепбаев, Ɵзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң киши илимий хызметкери Г.Матекова ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанынан шөлкемлестирилген «Otus»-студентлер орнитологиялық клубы ағзаларынан 20 студент-жаслар қатнасты.
Бул гүзги бақлаўда төмендеги 18 түрдеги қуслар есапқа алынды. Яғный,
- Жаў шымшық Passer montanus – 17
- Майна Acridotheres tristis – 3
- Қара ғарға Cоrvus frugilegus -8
- Қасқалдақ Fulica atra -220
- Теңиз шағаласы Larus genei – 58
- Жасылбас үйрек Anas platyrhynchos -25
- Қара мойынлы сүңгигир Podiceps nigricollis – 32
- Алмабас үйрек (Қызылбас) Netta rufina – 14
- Көк кептер (парахатшылық кептери)Columba livia -23
- Пошша торғай Galerida cristata – 6
- Ҳәкке, саўысқан Pica pica – 2
- Ғазаяқ шағала Larus cachinnans – 7
- Соксок, қасық тумсық Anas clypeata -20
- Үлкен сүңгигир (санқрауқулақ) Podiceps cristatus – 17
- Терисаяқ сүңгигир Podiceps grisegena – 7
- Ерикбас үйрек (қызылбас) Красноголовый нырок -55
- Ағүйек Tringa totanus -34
- Көл шағаласы Larus ridibundus -21
Әлбетте, бундай илажлардың өткерилиўи студент-жасларда теориялық билимлерин әмелиятта кең қолланыўда өзиниң нәтийжесин беретуғынлығына исенемиз.
Ж.Измурзаева,
Биология факультетиниң 3-курс студенти.
