#Универсиада_2019 Қарақалпақстанлы волейболшылар – финалда

Жаслардың физикалық тәрбия ҳәм ғалаба спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сәйкес мүмкиншиликлер жаратыў, спорт жарыслары арқалы жасларда өз мүмкиншилиги, күши ҳәм имканиятларына болған исенимди беккемлеў, мәртлик ҳәм Ўатансүйиўшилик, ана Ўатанға садықлық сезимлери менен тәрбиялаў, сондай-ақ, жаслар арасынан қабилйетли спортшыларды сайлап алыў жумысларын системалы шөлкемлестириў, физикалық тәрбия ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Елимиз ўәкиллериниң Олимпиада ойынлары, жәҳан чемпионатлары, Азия ойынлары ҳәм чемпионатлары ҳәм де халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырғаны, дүньяда Өзбекстанның абырайы ҳәм спорт бойынша шеберлиги асып атырғаны, республикамыз аймақларында дүнья стандартларына сәйкес спорт имаратларының қурылып атырғаны, оқыўшы ҳәм студент-жаслар арасында үш басқыштан ибарат «Үмит нәўшелери», «Баркамал әўлад» ҳәм «Универсиада» спорт ойынлары ғалабаласып баратырғанлығы итибарға ылайық.

Ҳәммемизге мәлим, Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минстрлигиниң 2018-жыл 12-октябрдеги 927-санлы буйрығы тийкарында «Универсиада» спорт жарысының волейбол түри бойынша аймақлық басқышы усы жылдың 27-29-октябрь күнлери Наўайы қаласында өткерилди.

Ойын нәтийжелерине бола, қаракалпақстанлы ул-балалар ҳәм қызлар командалары Хорезм, Наўайы, Бухара ўалаятларынан келген теңлеслери үстинен жеңисти қолға киргизип, республика басқышына жоллама алды.

Әлбетте, бундай спорт жарысларының шөлкемлестирилиўи – мәмлекетимиздиң барлық аймақларында ғалаба спорттың инсан ҳәм шаңарақ турмысындағы әҳмийетлилиги, оның физикалық ҳәм руўхый саламатлығының тийкары екенлигин үгит-нәсиятлаў, турмысқа үлкен үмит пенен кирип келип атырған жасларды зыянлы әдетлерден сақлаў, оларға өз қәбилйетлерин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр мүмкиншиликлер жаратыў, олардың арасынан қәбилетли спортшыларды сайлап алыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер