«Ең белсенди китапқумар топар» руўхый-ағартыўшылық таңлаўының университет басқышы жеңимпазлары анықланды

Президентимиздиң 2019-жыл 19-марттағы “Жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем-өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызықтырыўды арттырыў бойынша бес әҳмийетли басламаны әмелге асырыў ҳаққында»ғы 12-санлы мәжилис баянының төртинши басламасы «Жаслар мәнәўиятын жоқарылатыў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў» бойынша усы жылдың 5-6-декабрь күнлери университет мәденият сарайында «Ең белсенди китапқумар топар» руўхый-ағартыўшылық таңлаўының университет басқышы өткерилди.

Таңлаўға университет факультетлеринен жәми 12 команда қатнасты. Таңлаў процессин баҳалап барыў ушын Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық мәлимлеме-китапхана орайы, Жаслар аўқамы ҚР Кеңеси ҳәм университеттен бир қатар тараў қәнигелеринен төреши қурамы ағзалары қәлиплестирилди.

Еки күн даўамында өткерилген таңлаў жуўмағы анықланып төмендеги командалар женимпаз болды: 1-орынды Қарақалпақ тили ҳәм журналистика факультети «Аязый» командасы, 2-орынды Өзбек филологиясы факультети «Нихол» командасы, 3-орынды Физика факультети «Бозатаў» командалары жеңип алды.

Сондай-ақ, номинациялар бойынша: «Ең жаксы шығармадан сахналық көринис» номинациясы ушын; А.Султановтың «Елим деген ер еди» шығармасына экономика факультети, ал, «Ең жақсы эссе» номинациясы ушын Ш.Айтматовтың «Ана жер ана» шығармасына тарийх факультети ылайық деп табылды. Жеңимпаз болған командалар университет тәрепинен диплом менен сыйлықланды.

П.Абдиразақова,

Университет Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық

ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң методисти.

 

Пайдалы дереклер