Қәнигелер менен ушырасыў

Усы жылдың 7-январь күни студент-жаслардың билим дәрежесин арттырыў, оларды өз қәнигелигиниң жетик маманы етип тәрбиялаў мақсетинде география ҳәм табийий ресурслар факультетиниң нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў қәнигелигиниң 3-курс студентлери Үстирт қыдырыў ҳәм бурғылаў басқармасының қәнигелери менен ушырасыў шөлкемлестирди.

Ушырасыўды өткериўден мақсет – студент-жасларды өз қәнигелиги менен жақыннан таныстырыў, олардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў ҳәм теориялық билимлерин әмелиятта көриў арқалы беккемлеў. Ушырасыўда қатнасыўшылар Үстирт қыдырыў ҳәм бурғылаў басқармасының бас қәнигеси Қ.Бабажанов, Цемент ҳәм бурғылаў еритпелерин таярлаў лаборатория баслығы Б.Айманов, факультет деканы Н.Ембергенов ҳәм университеттиң бир қатар оқытыўшылары қатнасты.

Илаж барысында қәнигелер лабораториялық  қураллар, атап айтқанда: Конус азнии (цемент араласпасының жайылыўшаңлығын өлшеў әсбабы), КЦ-5 (цемент араласпасын зәрүр температура ҳәм ўақытта таярлаўшы қурылма), Электрон тәрези (0,1мгр-1кг ға шекемги аўырлықты өлшеў әсбабы), Игла-вика (цемент араласпасының қаттылығын өлшеў әсбабы) ҳәм басқа да қурылмалар жәрдеминде беккемлеў калоннасы ушын таярланатуғын цемент араласпасының қурамы, оның таярланыў усыллары ҳаққында керекли мағлыўматларды берип өтти. Бундай ушырасыўлар студент-жаслардың өз қәнигеликлерине болған қызығыўшылығын еле де беккемлейди  деп исеним билдиремиз.

Камила Алланазарова,

География ҳәм табийий ресурслар факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер