Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 2020-жыл 23-январдағы 03-20-413-санлы хатына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 22-майдағы «Жоқары оқыў орнынан кейинги тәлим системасын және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 304-санлы қарары менен жоқары оқыў орнынан кейинги тәлим институтына еркин излениўшиликке талабанларды жыл даўамында 4-мәрте қабыл етиўде ҳүжжетлерди Инновациялық раўажланыў министрлигиниң веб-сайтында (http://phd.mininnovation.uz) дизимнен өткериўиңиз мүмкинлигин мәлим етемиз.