Студент-қызлар ушын шеберлик сабақлары

Университеттиң студентлер турақ жайында жасаўшы студент-қызлар ушын «Салат таярлаў сырлары» атамасында шеберлик сабағы ҳәм таңлаўы  шөлкемлестирилди.

Онда Биология факультети улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының ассистенти А.Жангабаев ҳәм зийрек, шаққан ҳәм пәзенде қызлары қатнасып, өз-ара беллести. 

Илажды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы  мақсет – қызлардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, өнер сырларын үйретиў, саламат аўқатланыў көнликпелерин арттырыў, сондай-ақ, оларды пайызлы шаңарақ бийкеси болыўға таярлаў.

– Турақ жайымызда түрли мазмундағы илажлар өткерилип барылады.  Солар қатарында Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы стажёр-оқытыўшысы Р.Калимбетова басшылығында шөлкемлестирилген салат таярлаў бойынша шеберлик сабағы ҳәм таңлаўы бизлерде айырықша қызығыўшылық оятты. Илажда белсене қатнасыў арқалы өнер үйрендик, тәжирийбе арттырдық ҳәм пәзенделигимизди сыннан өткердик,-дейди таңлаўдың 1-орын жеңимпазы, пәзенде қыз 2с-Биология топары студенти Зулхумар Муратбаева.

Илаж соңында таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан қызлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Р.Калимбетова,

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы стажёр-оқытыўшысы.

 

Пайдалы дереклер