Университеттиң студентлер турақ жайында жасаўшы студент-қызлар ушын «Салат таярлаў сырлары» атамасында шеберлик сабағы ҳәм таңлаўы шөлкемлестирилди.
Онда Биология факультети улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының ассистенти А.Жангабаев ҳәм зийрек, шаққан ҳәм пәзенде қызлары қатнасып, өз-ара беллести.
Илажды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет – қызлардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, өнер сырларын үйретиў, саламат аўқатланыў көнликпелерин арттырыў, сондай-ақ, оларды пайызлы шаңарақ бийкеси болыўға таярлаў.
– Турақ жайымызда түрли мазмундағы илажлар өткерилип барылады. Солар қатарында Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы стажёр-оқытыўшысы Р.Калимбетова басшылығында шөлкемлестирилген салат таярлаў бойынша шеберлик сабағы ҳәм таңлаўы бизлерде айырықша қызығыўшылық оятты. Илажда белсене қатнасыў арқалы өнер үйрендик, тәжирийбе арттырдық ҳәм пәзенделигимизди сыннан өткердик,-дейди таңлаўдың 1-орын жеңимпазы, пәзенде қыз 2с-Биология топары студенти Зулхумар Муратбаева.
Илаж соңында таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан қызлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.
Р.Калимбетова,
Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы стажёр-оқытыўшысы.
