#Универсиада_2020  ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ БАДМИНТОНШЫЛАР КОМАНДАЛЫҚ ЕСАПТА 2-ОРЫНДЫ ИЙЕЛЕДИ

Универсиада-2020 спорт ойынлары 12 спорт түринен Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм мәмлекетимиздиң барлық ўәлаятларында өткерилиўи белгиленген еди. Яғный, ҳәр бир спорт тийисли тәртипте бөлинген ҳалда өткерилиўи режелестирилген.

Усы жылдың 27-30-январь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында спорттың бадминтон түри бойынша «Университада-2020» спорт жарыслары болып өтти.

Буған Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери: А.Джаббарбердиев, Р.Абибуллаев ҳәм Н.Айтмуратовалар да қатнасып жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

Атап айтқанда, Нелуфар Айтмуратова жеке беллесиўлерде 3-орынды ийелеген болса, Қарақалпақстан бадминтон сайланды команда ағзалары улыўмалық есапта 2-орынды ийелеўге миясар болды.

Әлбетте, бәрше спортшыларымызға алдағы спорт жарысларында табыслар тилеп қаламыз.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер