Дыққат, дағаза!

БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ

 «ЖУРНАЛИСТИКА» КАФЕДРАСЫНЫҢ

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ  ХАТЫ

 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февралдағы 56-ф-санлы Пәрманына муўапық Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети «Журналистика» кафедрасында 2020-жылдың 26-27-май күнлери «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасында халықаралық илимий конференция өткериў режелестирген.

Конференция төмендеги бағдарларды қамтыйды:

  • Глобалласыў ҳәм информация тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары;
  • Глобалласыў шәриятында ҒХҚның ўазыйпалары;
  • Ғалаба хабар қуралларында информация қәўипсизлиги мәселелери;
  • Жаслардың руўхый мәдениятын қәлиплестириўде ғалаба хабар қуралларының орны;
  • Веб-сайтлар арқалы жаслардың жәмийетлик, сиясый, мәдений, экономикалық билимлерин асырыў жоллары;
  • Ғалаба хабар қуралларының әдебий тилден пайдаланыў мәселелери;
  • Соцаллық тармақлардың жаслардың көз-қарасларын қәлиплестириўге тәсири;
  • Глобал тармақларда информация қәўипсизлигин тәмийинлеў усыллары;
  • Журналистлик этика ҳәм журналистлик ҳуқық мәселелери.

 

Конференцияда қатнасыў ушын материаллар шөлкемлестириў комитетине усынылыўы керек. Конференция материаллары топламын баспадан шығарыў нәзерде тутылған.

Мақалалар – 2020-жылдың 25-апрель сәнесине шекем қабыл етиледи.

 ИЛИМИЙ  МАҚАЛАЛАРҒА ҚОЙЫЛАТУҒЫН  ТАЛАПЛАР:

 – илимий мақалалар конференцияның темасына ҳәм көрсетилген бағдарларға сәйкес келетуғын актуал, илимий анализленген ҳәм жуўмақланған пикирлерге тийкарланған, тийисли усыныслар келтирилген формада усынылыўы керек;

  • материаллар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде усынылыўы мүмкин;
  • илимий мақалалар редакторланған ҳалда А4 көлеминдеги қағазға, жоқарыдан ҳәм төменнен 2,5 см, шептен 3 см, оңнан 1,5 см орын қалдырып териледи. Мақаланың атамасы 1 интервалдан соң автордың аты ҳәм фамилиясы бас ҳәриплерде жазылады. Кейин автордың жумыс орны ҳәм лаўазымы көрсетиледи. Соң 1 интервал қалдырылып текст 1,5 интерваллы қатарларда Times New Roman шрифтинде, 14 кегел көлеминде болыўы керек;
  • илимий мақалалар 5-беттен аспаўы, бир нусқа қағазда ҳәм электрон көринисте, сондай-ақ автор ҳаққындағы мағлыўматлар: телефон, почта мәнзили көрсетилип шөлкемлестириў комитетине усынылады;
  • Студентлер ҳәм магистрлардың мақалалары илимий басшының пикири менен қабыл етиледи.
  • Шөлкемлестириў комитети мақалаларды саралаў ҳәм редакторлаў ҳуқықына ийе. Мақаладағы келтирилген фактлер ҳәм пикирлер ушын автордың өзи жуўапкер.

 Шөлкемлестириў комитетиниң мәнзили: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1-жай, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети Журналистика кафедрасы 2-бина, 3-этаж, 316-бөлме.

 Жуўапкерлер:

Даўлетбай Бекбаулиев           (99) 318-36-64

Злиха Оразымбетова             (91) 386-07-49

Тамара Машарипова              (99) 951 95 67                         

Ҳурмет Атажанов                    (93) 485-68-55

 

Почта манзили: E-mail: Zlixa4@mail.ru; hurmet_05@mail.ru; janga-tv@mail.ru

 

 

Пайдалы дереклер