ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ
БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февралдағы «Өзбекстан Республикасында 2020-жылда халықаралық ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техникалық конференциялар режеси»н тастыйықлаў ҳаққындағы 56-Ф санлы Пәрманы ҳәмде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 13-февралдағы 116-санлы буйрығын орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2020-жыл 17-апрель күни “Қурылыста актуал экологиялық машқалалар ҳәм олардың шешимлери” атамасында, Республика көлеминде илимий-әмелий конференциясы өткериледи.
Конференцияда қатнасыў ушын жокарыдағы машқалаларға қызыққан, илимий-әмелий изертлеўлер алып барып атырған профессор-оқытыўшылар, қәнигелер, еркин излениўшилер ҳәм студентлерди мирәт етемиз.
Конференцияда қатнасыў ушын төмендеги секциялар бойынша материаллар усыныс етилиўи мүмкин:
- Қурылыста энергия тежемли материаллар ҳәм конструкцияларды қолланыў;
- Имарат, иншаатлар ҳәм қурылыс конструкцияларын жойбарлаў машқалалалары;
- Қала инфраструктурасын раўажландырыў мәселелери;
- Оқытыўдың инновациялық усыллары ҳәм экологиялық саўатханлықты раўажландырыў мәселелери
Конференцияның рәсмий тиллери: өзбек, қарақалпақ, рус ҳәм англичан.
Конференция материаллары топлам формасында баспадан шығарылады. Усыныс етилген материалларда теманың актуаллығы, үйренилгенлиги, изертлеўдиң мақсети, ўазыйпалары, нәтийжелер анализи ҳәм жуўмақлары көрсетилиўи керек.
Илимий конференцияда қатнасыўды қәлеўшилер 3-5 бет көлеминдеги ҳәм пухта редакторланған материалларды 2020-жылдың 7-апрелине шекем qurilish-2020@mail.ru электрон мәнзилине ямаса Қарақалпақ мәмлекетлик университети Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасына қағаз ҳәм электрон көринисинде усыныс етилиўи керек.
Мақалаларды рәсмийлестириўге қойылатуғын талаплар:
- Илимий конференцияда қатнасыў ушын авторлар өз мақалаларын МS Word редакторда Times New Roman шрифтинде 14 өлшемде, 1,5 интервалда, А4 қағазда рәсмийлестирилиўи лазым. Қағаздың шеп тәрепинен 3 см, жоқары ҳәм төмен тәреплеринен 2,0 см, оң тәрептен 1,5 см қалдырылып жазылады.
- Теманың аты, автордың Ф.И.Ш., лаўазымы, мекеме аты, байланысыў ушын телефон номери, электрон адреси ҳәм конференция секциясы (мысалы: 1 секция ушын) көрсетилген болыўы керек;
- Әдебиятлар дизими толық (Ф.И.О., мақала аты, шыққан жылы ҳәм орны, баспа жылы, бетлер) көрсетилиўи керек. Мағлыўматларға силтемелер әлбетте көрсетилиўи лазым (мысалы: [1, 71 б.]). Тексте көрсетилген фактлердиң дурыслығы ҳәм анықлығына автордың өзи жуўапкер есапланады.
Конференция материаллары топламы авторлар берген тексттен өзгериссиз баспадан шығарылады. Мүддетинен кешиктирилип тапсырылған ямаса талапларға жуўап бермейтуғын мақала ҳәм тезислер қабыл етилмейди ҳәм авторларға қайтарып берилмейди.
Конференция материалларын топлам формасында баспадан шығарыў ушын қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилик төлемин мақала ҳәм тезислердиң ҳәр бир бети ушын 15000 сўм муғдарында төлеўлери зәрүр.
Төлем CLICK системасы арқалы әмелге асырылады. UZCARD: 8600 3329 9105 4929. Төлемди әмелге асырыў ушын +99897-561-67-79 номери менен хабарласыўыңыз соралады.
Мәнзил: 230113, Нөкис қ., Ч.Абдиров көшеси 1 үй. Қарақалпақ мәмлекетлик университети Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасы.
Тел: (8-361) 226-12-26, Мобил: +99891 393-01-37 Е-mail: qurilish-2020@mail.ru Утегенова Гульзар