Дүньядағы көплеген хуқықтаныўшыларды бирлестириўши ҳәм де бүгинги глобалласыў дәўиринде мәмлекетти социал-экономикалық раўажландырыў, экономиканы басқарыўдың базар механизмлерин жәриялаў бойынша ҳуқықый кепилликлерин күшейтиў, дүньяның жетекши юриспруденция тараўында белгили алымлар, қәнигелер ҳәм эскпертлер қатнасыўында ҳуқықтағы ең соңғы тенденциялар көрип шығылады ҳәмде заманагөй юридикалық илим ҳәм әмелияттың актуал мәселелери бойынша пикир алмасыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басламасы менен 2020-жыл 23-25-апрель күнлери Ташкент қаласында Орайлық Азияда ҳуқық тараўында ең жарқын ҳәм мазмунға бай иләж “Tashkent Law Spring” II Халықаралық юридикалық форумы өткерилиўи режелестирилген.
“Tashkent Law Spring” II Халықаралық юридикалық форумында “Жылдың ең жақсы адвокаты”, “Жылдың ең жақсы адвокатлық дүзилмеси” ҳәм “Ең жақсы юридикалық хызмет” номинациялары бойынша сыйлықлаў мәресими өткериледи.
Форумда қатнасыў ушын “Premium”, “Standart” ҳәм “Махсус” пакетлерден бирин таңлаған ҳалда www.tashkentlawspring.uz веб-сайты арқалы дизимнен өтиў лазым.
Қосымша мағлыўматларды www.tashkentlawspring.uz веб-сайты арқалы яки (99871) 268-28-56,
268-28-41 телефон номерлери менен байланысыў мүмкин.
Сондай-ақ, Форумда қатнасыў ушын дизимнен өткен хызметкерлер ҳаққында deplaw@edu.uz электрон почтасына яки +998903244967 номери арқалы telegramға жибериўиңиз соралады.