Дыққат, таңлаў!

9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен университет ректораты тәрепинен студент-жаслар арасында «Мен усы әзиз Ўатан перзентимен» ураны астында  онлайн таңлаў жәриялайды

Таңлаў мақсети:

Екинши дүнья жүзилик урысда мәртлик көрсетип, машақатлы ҳәм мүсийбетли турмысты басдан кеширип, биз жасап атырған тынышлық ҳәм пәраўан турмысымыз ушын өз жанларын пидә еткен қаҳарманларымыз ҳаққында бүгинги жаслар санасына сиңдириў, оларды Ана-Ўатанға садық перзентлер етип тәрбиялаў болып табылады.

Таңлаў төмендеги номинацияларда өткериледи:

  1. «Ўатан топырағы деп, жан пидә еткен қаҳарманлар» атамасында видео ҳәм аудиороликлер номинациясы:

– таңлаў қатнасыўшысы көркемлеп монолог, қосық оқып бериў керек;

-урыс дәўири көринислеринен ҳәм бүгинги пәраўан турмысымыздан              сәўлеленген фото анимациялар ислеў, фото анимацияларға сай қосық, музыка, текст таңлаў;

-Екинши дүнья жүзилик урыста қараҳарманлық көрсеткен ата-бабаларымыз ҳаққында мағлыўматлар келтириў;

-урыс дәўири  ўақыялықларынан үзиндилер көрсетип бериў

  1. «Бабаларымыз қаҳарманлықларын умытпаймыз» атамасында шығармалар номинациясы:

– теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилиўи;

-дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазызғанлығы;

– теманы жартыўда әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм анализлеў ҳәм еркин пикирлердиң анық билдирилгенлиги;

-теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик тәреплерин сәўлеленгенлиги.

  1. «Еслеў әзиз – қәдирлеў муқаддес» атамасында жеке видео-интервью номинациясы:

– теманың мәнисин ашып бериў;

–  факт ҳәм мағлыўматлардың анық билдирилиўи;

–  сөйлеў мәдениятының көркемлиги;

– интервью процессинде кийиниў әдебине итибар қаратылыўы.

Таңлаў усы жылдың 1-май ҳәм 7-май күнлери аралығында өткериледи. Жоқарыдағы номинациялар бойынша қатнасыўды қәлеўшилер өз дөретиўшиликлерин 90 652-00-84 телеграммына жолласаңыз болады. Таңлаў ҳаққында толық мағлыўматларды  @qmu_manawiyat_tanlawlar  каналынан билип алыўыңызға болады. Таңлаў қатнасыўшыларының номинациялар бойынша жоллаған дөретиўшилик жумыслары,  видео-аудиороликлери ҳәм де жеке интервьюлары @qmu_manawiyat_tanlawlar  каналында жәрияланып барылады.

Таңлаў жеңимпазлары ректорат тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Асығыӊ, ўақыт аз қалды!!!!

Пайдалы дереклер