Ҳүрметли абитуриентлер! Сизлерге дөретиўшилик имтиханлар ҳәм тест сынаўларына көмек беремен деп қыңыр жоллар менен оқыўға киргизиўди ўәде еткен адамларға алданып қалмаң! Имтиханларды өткериўде ҳеш қандай нызамсыз жағдайлар ҳәм түрли араласыўларға жол қойылмайды.
Барлық имтиханлар ашық ҳәм әдил түрде өтилиўи тәмийинленеди. Өз билимиңизге исениң, жәмийетте коррупцияның күшейиўине себепши болып қалмаң. Жалатайларға алданып қалыўдан абайлы ҳәм сергек болың!
Барлық абитуриентлерге әўмет тилеймен!
ҚМУ Қабыллаў комиссиясы баслығы: А.Реймов