ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ СТУДЕНТИ «МАРД ӮҒЛОН» МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҒЫ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНДЫ.

Қуӯанышлы хабар! Университетимиздиӊ география ҳәм тәбийий ресурслар факультетиниӊ студенти Рахимбаев Атабек  «Мард ӯғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды. Ол 2019-жылдан берли www.orol24.uz интернет сайты бас редакторы орынбасары, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы бойынша экологиялық тексериӯ жәмийети инспекторы. Ол Өзбекстанда биринши мәрте шөлкемлестирилген «Азия Жаслар Конференциясы» экология жөнелиси  қатнасыӯшысы. Усы конференция Өзбекстан Жаслар Аўқамы ҳәм  Өзбек халықаралық ҳуқық ассоциациясы менен биргеликте өткерилди. Атабек Рахимбаев «Экология» бағдары бойынша қатнасып, «Ең жақсы мақала» ҳәм «Ең белсенди баслық  орынбасары» номинациялары бойынша Халықаралық дәрежедеги Сертификатлар менен сыйлықланды.“Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!” сүрени астында республика студент-жаслар фестивалы “Жас блогер” таңлаўының “Ең жақсы аналитикалық мақала” жөнелиси бойынша биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ, Атабек «Жыл студенти-2019», «Жылдыӊ еӊ белсенди блогер студенти», «Еӊ жақсы аудио дөретиӯшилик» дипломларына ийе.  Буннан тысқары, 15ке жақын илимий жумыслары халықаралық илимий журналларда баспадан шықты. Ол  Россия федерацияси Пермь қаласында өткерилген  «Современные условия в заимодействия науки и техники» атамасындағы өткерилген халықаралық илимий-әмелий конференцияда белсене қатнасып, халықаралық көлемдеги сертификат пенен сыйлықланды.

Университетимиз атынан Атабекти усындай табысы менен қутлықлаймыз ҳәм алдағы ӯақытлары оған буннан да бийик табысларға ерисиӯине тилеклеспиз.

Пайдалы дереклер